Тахтакөпир районындағы Дәўир мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Халық» жомъе мешитиниң имараты толық қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы жомъе мешитиниң рәсмий ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Ш.Баўатдинов, район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм сектор басшылары, имам-хатиблер, нураный ақсақаллар қатнасты.
Миллий ҳәм заманагөй көриниске, қурамалы қурылыс архитектурасына, әжайып нағысларға бай мешитте ибадат әмеллерин орынлаў ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Көркем бағы, намаз оқыўшылар ушын заманагөй жуўыныў-тәҳәратханасы, мешит хызметкерлери ушын ханалар шөлкемлестирилген. Тәҳәратхана ҳәм мешиттиң ишки тәреплери де айрықша талғам менен безелген болып, бул жерде намаз оқыўшыларға барлық шараятлар бар.
-Усындай қайырлы иске жақыннан жәрдем берген елимиз басшыларына, жергиликли уйымлардың хызметкерлерине, қәўендерлер ҳәм қурылысшыларға айрықша миннетдаршылығымызды билдиремиз, -дейди дин ислери бойынша комитеттиң райондағы бас қәнигеси И.Абдижамилов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги