Ҳәзирги ўақытта бир топар жерлеслеримиз Саудия Арабстанында болып, мүбәрек ҳаж әмеллерин орынламақта.

Оларға өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, мәмлекетимизде мүддетинен алдын өткерилип атырған Президент сайлаўында қатнасыў имканияты жаратып берилди. Атап айтқанда, Мекке қаласындағы “Рашидия” мийманханасында шөлкемлестирилген сайлаў участкасында елимизге тынышлық, аспанымыздың ашықлығын, халқымыздың аўызбиршилигин тилеген ҳалда, ҳәр бир зыяратшы өзлери мүнәсип тапқан  талабанына даўыс берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги