Тахтакөпир районында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша 20 cайлаў участкасы шөлкемлестирилген болып, оларда 18 мың 960 пуқараның конституциялық ҳуқықынан пайдаланған ҳалда даўыс бериўи күтилмекте.
Олардың 125 сы биринши мәрте даўыс бермекте. Ал, 343 пуқара болса, мүддетинен алдын даўыс берди.
Райондағы барлық сайлаў участкаларында пуқаралардың даўыс бериўи ушын жетерли шараят жаратып берилди. Усының нәтийжесинде ҳәзирге шекем 16 мың 646 пуқара, яғный улыўма дизимге алынғанлардың 87,8 проценти даўыс берди.
Райондағы cайлаў участкаларында даўыс бериў даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги