Өз басынан турмыстың түрли сынақларын өткерген төрткүлли 107 жасар Халима апа Каримбаеваның бүгинги күнге шүкиршилиги көп.

Ол усы күнге жеткенше көплеген ашшы-душшы күнлерди, жетпесинлик дәўирлерди бастан кеширди. Халық қатары елимиздиң усындай абадан күнлерге жетиўи ушын аянбастан хызмет иследи.

Республикамыздың барлық пуқаралары сыяқлы Халима апа да өзиниң пуқаралық ҳуқықынан нәтийжели пайдаланып, өзи жасайтуғын Төрткүл районының Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан үйинде өзи қәлеген талабанның Президент болып сайланыўы ушын даўыс берди.

-Алла-таалаға мың қәтле шүкир,-дейди Халима апа.-Елимиз тыныш ҳәм абадан турмыста жасап атыр. Халқымыздың ертеңги келешеги ушын мен де журт қатары даўыс бердим. Илайым елимизде парахатшылық болсын. Тынышлық болса бәри де болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги