Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы Шымбай районында да көтериңки кейпиятта болып өтпекте.
Басшыдан-қосшыға шекем аўызбиршиликли мийнет етип атырған бул аймақта көпшилик пуқаралар сыяқлы район ҳәкими Айбек Тажетдинов та өзи жасайтуғын аймақтан Темир жол мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан 590-сайлаў участкасынан сайлаўшы сыпатында, өзи қәлеген талабанға даўыс берди.
-Район аймағында 45 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда 53 мыңнан аслам сайлаўшы дизимге алынған,-дейди Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Наргиза Толыбаева.-Соннан 22 мыңнан асламын жаслар қурайды. Соңғы жыллары район аймағында, әсиресе жаслар турмысында жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар оларды алға қарай умтылдырмақта. Бул ислер сайлаў процесинде де айқын көзге тасланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги