Пайтахтымыз Нөкис қаласында 83 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда 172 мың 900 пуқара сайлаўшы сыпатында дизимге алынған.
-Пайтахтымызда жайласқан сайлаў участкаларында сайлаўшылардың емин-еркин, демократиялық усылда даўыс бериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилген,-дейди Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Эльмира Сагалатдинова.-Мине усы участкаларда сайлаўшылар Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларға даўыс бермекте.
Көпшилик қала турғынлары сыяқлы Нөкис қаласы ҳәкими Утемурат Панаев та өзиниң сайлаў ҳуқықынан пайдаланған ҳалда, өзи қәлеген талабанға даўыс берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги