Сайлаўға Бозатаў районының турғынлары да белсене қатнаспақта.

Бүгинги Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында 9638 пуқараның даўыс бериўи күтилмекте.

Соның ишинде, жасы 70 жастан асқанлары 336 болса, 18-30 жас аралығындағылары 2650 ди қурайды. 220 адам өзлериниң жасаў орынларынан даўыс береди. 33 жас биринши мәрте даўыс бериўшилер болып есапланады.

Орынларда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.