Шымбай районында да Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Район аймағында 45 сайлаў участкасы дүзилген болып, оларда 53 мыңнан аслам сайлаўшы дизимге алынған. Соннан 22 мыңнан асламын жаслар қурайды.

Елимиздиң ертеңги күни ушын өзлерин жуўапкер сезинген шымбайлы турғынлар да сайлаў процесине белсене қатнасып, өзлери қәлеген талабанға даўыс бермекте.

-Сиясий партиялар тәрепинен Президентликке талабанлардың өмир баяны ҳәм сайлаўалды бағдарламасы менен толық танысып шықтым,-дейди Тазғара аўыл пуқаралар жыйыны турғын Раўаж Утепбергенов.-Бүгин шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте  елимиздиң абадан турмысын тәмийинлейтуғын талабанға даўыс бердик. Бизлер даўыс беретуғын 546-сайлаў участкасында сайлаўшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Сайлаў процеси ҳәзирги ўақытлары районның барлық аймақларында қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги