Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Нөкис қаласындағы 83-сайлаў участкасында жарқын келешек ҳәм елимиз абаданлығы ушын даўыс берди.

Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан бул сайлаў участкасында  2 мың 812  сайлаўшы дизимге алынған. Соннан сайлаў күни түрли себеплер менен жасаў мәнзилинде бола алмайтуғын 179 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди. Соның менен бирге, кексе жастағы 66 ҳәм майыплығы болған 24 пуқараның жасаў мәнзилинде даўыс бериўи шөлкемлестирилмекте. Бүгинги Президент сайлаўында ҳәр қашанғыдай жаслар белсендилик көрсетпекте. Усы күни 15 жас биринши мәрте даўыс береди.

-Аймағымыз турғынлары Президент сайлаўына белсене қатнаспақта,-дейди участка баслығы  Парўазхан Орманова. -Азанғы саат 10.00 ге шекем 813 пуқараның даўыс бергенлиги буннан дәрек береди.

Аймақ турғынлары арасынла даўыс бериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.