Өзбекстан Республикасы Президентлигине сайлаў процеси республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Кегейли районында да шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Район аймағында 37 участкалық сайлаў комиссиясы дүзилген болып, усы комиссиялар тәрепинен 37 мың 400 ден аслам пуқара сайлаўшы сыпатында дизимнен өткен.

Күнниң ыссы болыўына қарамастан ҳәзирги ўақытлары сайлаў участкаларында келиўшилердиң изи үзилмейди.  Соннан 70 жастан асқан сайлаўшылар 1959 ы қураса, 30 жасқа шекемги жаслар 10 мың 512 ини қурайды.

-Сайлаўды ғалаба хабар қуралларынан тысқары,  сиясий партиялар ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларынан белгиленген бақлаўшылар да дыққат пенен бақламақта,-дейди Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Ережеп Мухамбетов.-Әлбетте, бул пуқараларымыздың сиясий ҳәм ҳуқықый билими артып баратырғанлығының айқын дәлийли болып табылады.

Ал, физикалық имканияты шекленген пуқаралар ҳәм емлеўханаларда емленип атырған емлениўшилер, туўыў үйинде жас босанып атырған ҳаял-қызлардың жасаў мәнзиллерине сайлаў қутышалары апарылып, олар өзлери қәлеген талабанға даўыс бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги