Нөкис қаласы Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Базар апа Бекбергенова көншилик қатарында мүддетинен алдын өткерилип атырған Президент сайлаўында мәмлекетимиздиң келешеги, халқымыздың абадан турмысы ушын даўыс берди.

Базар апа быйыл өзиниң 103 жасын қарсы алмақта. Бүгинги күни теберик ананың 31 ақлығы, 57 шаўлығы ҳәм 4 қуўлығы бар. Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы алдынан Президентимиздиң пәрманы бойынша “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланды.

Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйынындағы Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 32-санлы сайлаў участкасы аймағындағы кексе, майыплығы болған шахслар ҳәм наўқас пуқаралар ушын жасаў мәнзилинде даўыс бериў шөлкемлестирилмекте. Участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары, мәкан пуқаралар жыйынының ўәкиллери көшпели қуты менен Базар апаның шаңарағында болып, кексе сайлаўшының даўыс бериўи ушын шараят жаратып берилди.

-Бул күнлерге жеткергенине шүкиршилик етемен,-дейди Базар апа Бекбергенова-Елимизде биз кексе әўлад ўәкиллерине барлық шараят жаратып берилген. Ең баслы байлығымыз, бул тынышлық. Сонлықтан да елимизге тынышлық, халқымызға абадан турмыс, перзентлеримиздиң келешеги айдын болыўын тилеймен. Аспанымыз ашық, дастурханымыз толы болсын.

Д.АБИБУЛЛАЕВ.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.