65-сайлаў участкасы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы аймағында жайласқан болып, бул жерде Өзбекстан Республикасы Президентлигине сайлаў процеси белгиленген нызам талапларына сай өткерилмекте.
Участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен Қаттыағар ҳәм Гөне қала мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 1403 сайлаўшы дизимнен өткен. Соннан 95 пуқара мүддетинен алдын сайлаўда даўыс берген.
Шаршара көшеси турғыны Алишер Меңлибаев та усындай сайлаўшылардың бири.
-Өзим Нөкис қаласындағы Ибн Сина атындағы жәмийет саламатлығы техникумында оқыйман,-дейди ол. –Бүгинги күни елимизде жаслардың оқып билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Буннан биз жаслар нәтийжели пайдаланып атырмыз. Бүгин өзиме берилген Конституциялық ҳуқықымнан пайдаланып, өзим қәлеген талабанға даўыс бердим.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 65-Участкалық сайлаў коммиссиясында Алишер Меңлибаев сыяқлы 337 жас сайлаўшы сыпатында дизимге алынып, бүгинги даўыс бериў процесслерине белсене қатнаспақта. Соннан 21и болса, сайлаўларда биринши мәрте даўыс берип атырған жаслар болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги