Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайында Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаевтың қатнасыўында брифинг болып өтти. Онда ОСК баслығы сайлаўға таярлық процесслери ҳәм даўыс бериў басланғаны ҳаққында мағлыўматлар берди.

– Бүгин азанғы саат 8.00 де мәмлекетимизде шөлкемлестирилген 10 мың 784 сайлаў участкасында Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады ҳәм сайлаўшылар даўыс бериўге киристи,-деди З.Низомхўжаев. – Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 39 сырт мәмлекеттеги ўәкилханаларының жанында дүзилген 56 сайлаў участкасы, атап айтқанда, Шығыс еллеринде шөлкемлестирилген сайлаў участкалары жумыс баслады. Даўыс бериў биринши болып Өзбекстан Республикасының Япония, Қубла Корея, Қытай, Малайзия, Сингапур, Индонезия, Таиланд, Ҳиндстан ҳәм Россияның Узақ Шығыстағы ўәкилханаларының жанында шөлкемлестирилген сайлаў участкаларында басланды.

Ҳәзирги ўақытта Орайлық сайлаў комиссиясы менен барлық сайлаў округлери ҳәм сайлаў участкалары арасында турақлы байланыс жолға қойылған.

Усы жылдағы сайлаўда сайлаўшылар дизимине жәми 19,5 миллионнан артық сайлаўшы киргизилген.

Сондай-ақ, баслық сайлаўда қатнасып атырған халықаралық бақлаўшылар ҳаққында да мағлыўмат берди. Атап өтилгениндей, бул сиясий илажды 15 халықаралық шөлкем, 47 сырт елден келген жәми 800 ге шамалас халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап бармақта.

Президентликке талабан етип көрсеткен сиясий партиялар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан болса 53 мыңнан аслам жергиликли бақлаўшы сайлаўды тиккелей бақламақта. Сайлаўды жәми 1 мың 400 жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сәўлелендирип бармақта.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА