Президент сайлаўы Тахтакөпир районында да қызғын басланып кетти. Район турғынлары белгиленген тәртипте пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин көрсетип, сайлаў бюллетенлерине өзи қәлеген талабанға даўыс бермекте.

Барлық сайлаў участкалары қатарында райондағы 431-санлы сайлаў участкасында да сайлаў процеси шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Бул жерде жасы үлкен нураныйлар, жаслар, ҳәр қыйлы кәсип ийелери, ҳәр бир шанарақ белсене қатнаспақта. Сайлаў участкасында даўыс бериў ушын барлық шараятлар жаратылған.




– Мине, бүгин бизлер, яғный Хожановлар шаңарағы да, өз шаңарағымыз бенен өзлеримиз мүнәсип деп билген, ертеңги келешегимиз бүгингисинен жақсы болыўы ушын хызмет етеди, деп исенген талабанға даўыс бердик,-дейди сайлаўға қатнасыўшы пуқаралардың бири Рахат Хожанов.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы елимиз бойлап қызғын даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги