Ҳәзирги күнде оқыў жылына таярлық көриў мақсетинде ата-аналар перзентлерин мектепке жайластырыў ушын ҳәрекетлерди баслап жиберген. Айырым ата-аналар 6-6,5 жастағы перзентлерин 1-классқа бериўге асығады.
Тийкарынан мектепке балалар нешинши класстан барыўы керекЎ Бала мектепке оқыўға таяр маЎ Ата-аналар бундай сораўларды бәринен бурын өзлерине бериўи керек. Психолог ҳәм педагоглардың пикирлерине бола, 6 жастағы баланың мектепте оқыўы бираз ерте.
1-классқа барыў баланың өмириндеги ең әҳмийетли дәўиринен бири болып есапланады. Дәслепки оқыў күнлеринде оқыўшылардың көпшилигинде стресс жағдайлары пайда болып, бул дәўирде руўхый кеширмелер үстинлик етеди. Бул руўхый кеширмелерди жеңиў баладан күшли ерк-ықрарды, өзине болған исеним, жоқары мақсетти талап етеди. Мектепте талап етилетуғын билим ҳәм көнликпелер балада жетерли дәрежеде раўажланбаған болса, бул баланың психологиясына ҳәм денсаўлығына тәсир етип, унамсыз ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болады.
Усы жерде, асығып, баланы стресс жағдайына түсириў ҳәм психологиясына унамсыз тәсир етип, 6 жастан мектепке бериў қаншелли дурысЎ деген сораў пайда болады. Темаға мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўапкери өз пикирин билдирди.
ӨзА