Сайлаў-пуқаралардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ислеринде тиккелей қатнасыў имканиятын бериўши , мәмлекетлик ҳәкимияттың сайлаў арқалы қәлиплестиретуғын уйымларға усынылған талабанлардан биреўин даўыс бериў жолы менен таңлап алыўға қаратылған демократиялық процесс болып табылады.
Усы сиясий процесске қатнасыў елимизде жасаўшы ҳәр бир пуқараның азаматлық ўазыйпасы десек алжаспаған боламыз. Буны жақсы түсинген Нөкис қаласындағы Дослық мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары да бүгин пүткил елимиз бойлап өткерилип атырған Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына белсене қатнаспақта.
-Сайлаў участкасы аймағында 2307 сайлаўшы бар,- дейди 19-санлы участкалық сайлаў комиссиясының хаткери Ораз Палўанов.-Соннан 64 сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс берди. 52 пуқара болса, өзлери жасап атырған мәнзиллеринде даўыс бериўшилер болып табылады. Ал, физикалық имканияты шекленген пуқаралар, жас босанған ҳаяллар, наўқаслығы бар сайлаўшыларымыз өзлери туратуғын үйлеринде даўыс береди.
-Усы аймақта жасайман,-дейди сайлаўшылардың бири Юсупбай Абдиреймов.-Өзимниң пуқаралық позициямды билдириў мақсетинде, сайлаў участкасына келдим. Сиясий партиялар тәрепинен Президентликке талабанлардың сайлаўалды бағдарламасы менен толық таныспан. Сонлықтан бүгин елимиздиң раўажланыўы ушын өзиниң үлесин қосатуғын өзим таңлаған талабанға даўыс бердим.
Шынында да бүгин республикамызда Юсупбай сыяқлы мыңлаған пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан болған өзлери қәлеген талабанларға даўыс бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги