Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы Нөкис қаласындағы 59-сайлаў участкасында да салтанатлы тәризде басланып кетти.
– Сайлаўға Байтерек МПЖ дан 1307 сайлаўшының қатнасыўы күтилмекте,-дейди учаскалық сайлаў комиссиясының баслығы Ш.Сапаров. – Бүгинги күнге шекем 27 адам мүддетинен бурын даўыс берди.
Участкамызда сайлаў мапазы басланыўдан-ақ, быйылғы сайлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қаралып, қызғын таярлықлар көрилди.
Сайлаў участкамызда сайлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылып, сиясий партиялардың исенимли ўәкиллери ҳәм басқа да бақлаўшылар сайлаў процесин бақлап турыпты. Орынларға шығып сайлаўға өзи келе алмайтуғын кекселер, майыплығы бар инсанлардың да өз ҳуқықларынан пайдаланып, өзи қәлеген талабанға даўыс бериўи ушын мүмкиншиликлер жаратылған.
Жәмийетлик тәртипти сақлаў ушын тийисли уйымлардың хызметкерлери хызметте турыпты.
Сайлаўлардың сайлаў нызамшылығының талапларына муўапық ашық-айдын өтиўи, ҳәр бир сайлаўшының өз қәлеўин еркин билдириўи ушын имканиятлар жаратып, сайлаўдың әдил өтиўине ҳәрекет етемиз.
Орынлардағы Президент сайлаўы илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги