Бүгин елимиз бойлап Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте.
Саат 08:00 де Нөкис қаласындағы 74-сайлаў участкасы да ашылып, аймақ турғынлары белгиленген тәртипте пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин көрсетип, сайлаў бюллетенлерине өзи қәлеген талабанға даўыс бермекте. Аймақтағы сайлаўға қатнасыў ҳуқықына үлкен, кишиси, барлығы сайлаўға келмекте.
Бул сайлаў участкасында да сайлаў мапазы басланыўдан-ақ, быйылғы сайлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қарап, қызғын таярлықлар көрилген екен. Участка аймағындағы Анасай МПЖ да 5835 адам жасайтуғын болса, соннан 2920 cы сайлаўға қатнасады. Соннан 31 и биринши мәрте даўыс береди, 16 сы мүддетинен алдын даўыс берген.
– Мен 40 жылдан аслам ўақыттан берли усы аймақта тураман. Барлық сайлаўларға қатнасып киятырман. Быйылғы сайлаўға да үлкен таярлықлар көрилипти. Участкада сайлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған екен. Сиясий партиялардың исенимли ўәкиллери ҳәм басқа да бақлаўшылар сайлаў процесин бақлап турыпты. Президент сайлаўында өзимиз қәлеген талабанға ҳаялым менен бирге даўыс берип атырмыз,-дейди сайлаўға қатнасыўшы аймақ турғынларының бири.
Сайлаў даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги