Нөкис қаласы турғынлары өзлериниң пуқаралық ҳуқықларынан нәтийжели пайдланыў мақсетинде,  өзлери жасайтуғын аймақларда жайласқан Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткерилетуғын сайлаў участкаларына қарай асықпақта.

Қолларына пуқаралық паспорты ҳәм идентификациялық карталарын услаған сайлаўшылардың жүзлеринде қуўаныш ҳәм ертеңги күнге деген исеним сезиледи.

-Аймағымызда 1965 сайлаўшы дизимге алынған,-дейди 24-санлы Участкалық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Хамид Кусбатыров.-Соннан 49 ы физикалық имканияты шекленген пуқаралар болса, 17 си өткерилип атырған сайлаўларда биринши мәрте қатнасыўшы жаслар болып табылады. Участкамызда белгиленген нызам тийкарында сайлаўшылар ҳәм сайлаўды бақлап барыўшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Сайлаў бойынша үгит-нәсият жумысларының нәтийжели жүргизилгенинен болса керек, аймақ турғынларының сиясий белсендилиги көзге тасланбақта.

Ҳақыйқатында да, бүгин елимиз турмысында ири жәмийетлик-сиясий ўақыя жүз берип, онда мәмлекетимиз халқы өзлериниң ертеңги келешеги ушын өзлериниң таңлаған талабанларына даўыс бермекте. Сайлаўда белсендилик көрсетиў бизиң ҳәр биримиздиң пуқаралық ҳуқықымыз болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги