Усы жыл  4-июнь күни Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи жанындағы майданда “Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!” сүрени астында жаслар сейили ҳәм гала-концерт бағдарламасы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң итибары менен жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме ғамхорлық көрсетиў, қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған жәмийетлик-сиясий, экономикалық реформаларды әмелге асырыўда жасларымыздың орны барған сайын артып бармақта. Елимизде жасларға байланыслы сиясаттың алып барылыўы, оларға барлық қолайлы шараятлардың жаратылыўы нәтийжесинде қала ҳәм районлардағы жасларымыз көплеген жетискенликлерге ериспекте.

Президентимиздиң басламасы менен 30-июнь – “Жаслар күни” деп белгилениўи өсип киятырған жасларымызға болған ғамхорлықтың және бир көриниси болып табылады. Ҳәр жылы июнь айы “Жаслар айлығы” деп жәрияланып, республикамыз бойлап кең түрде байрамланады.

Быйылғы жылы да “Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!” сүрени астында жаслар фестивалына Қарақалпақстан Республикасында бириншилерден болып старт берилди. Жаслар фестивалы республикамыз бойлап 6-июньға шекем өткериледи. Өткен 3 күн даўамында жаслар арасында таңлаў ҳәм спорт жарыслары, руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилип, оларға 30 мыңнан артық жас қамтып алынды.

Илажда усындай жетискенликлерге ерискен бир топар жаслар сыйлықланды.



Жыйналғанлардың нәзерине белгили эстрада қсықшылары менен көркем өнер шеберлериниң гала концерти усынылды.














 Қарақалпақстан хабар агентлиги