28-май күни Нөкис қаласында дзюдо бойынша ересеклер арасында Өзбекстан кубоги ушын беллесиўлерге старт берилди.

Онда ерлер -60, -66 кг, қызлар болса, -48 ҳәм -52 кг салмақ категорияларында жеңимпазлықты қолға киргизиў ушын татамиге шықты.

Жарыс жуўмағында, 60 кг салмақта 1-орынды бухаралы Баҳром Ботиров, 2-орынды қашқадәрьялы Азиз Арабов, 3-орынды Ташкент қаласынан Суҳробжон Эргашев ҳәм бухаралы  және бир палўан Муродил Муродиллаев ийелеўге миясар болды.

66 кг салмақта болса, алтын медалды самарқандлы Маъруф Аҳмадов, гүмис медалды хорезмли  Оғабек Олламбоев, қола медалын наўайылы  Азиз Ортиқов ҳәм Ташкент қаласы ўәкили Отабек Отаназаровлар қолға киргизди.

Ал, қызлар арасында өткерилген жарыслар жуўмағында, 48 ҳәм 52 кг салмақ категорияларында алтын медалды республикамыз палўанларынан  Гулнур Муратбаева ҳәм  Умида Жуманиязовалар жеңип алып, пүткил халқымызды қуўанышқа бөледи.



Жарыс бүгин де даўам етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы