Бүгин  Аргентинаның «Estadio Unico Madre de Ciudades»  стадионында жаслар арасында өткерилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында 3-тур ойынлары басланады.

Чемпионаттың 1-турында Аргентинаға 1:2 жеңилип, 2-турда Жаңа Зеландия менен 2:2 есабында ойнаған Өзбекстан сайланды командасы келеси басқышқа шығыў ушын топар аутсайдери Гватемала менен өз-ара ушырасады.

Бул ойын Ташкент ўақты менен түнги 02:00 де басланады.

Ушырасыўды египетли Муҳаммад Маъруф, марокколы Закариё Бринси, алжирли Аббос Акрам ҳәм мавританиялы Абдулазиз Боулар басқарып барады.

VARды болса, египетли Амр Эл Шинави бақлап барады.

Усы топардағы екинши ойында болса, 2 турдан соң 6 упай топлап, келеси басқышқа жол алған Аргентина ҳәзирше 2-орын ийеси Жаңа Зеландия менен өз-ара күш сынасады.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы