Бүгин Аргентинаның «Estadio Unico Madre de Ciudades» стадионында жаслар арасында өткерилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында 3-тур ойынлары басланады.
Чемпионаттың 1-турында Аргентинаға 1:2 жеңилип, 2-турда Жаңа Зеландия менен 2:2 есабында ойнаған Өзбекстан сайланды командасы келеси басқышқа шығыў ушын топар аутсайдери Гватемала менен өз-ара ушырасады.
Бул ойын Ташкент ўақты менен түнги 02:00 де басланады.
Ушырасыўды египетли Муҳаммад Маъруф, марокколы Закариё Бринси, алжирли Аббос Акрам ҳәм мавританиялы Абдулазиз Боулар басқарып барады.
VARды болса, египетли Амр Эл Шинави бақлап барады.
Усы топардағы екинши ойында болса, 2 турдан соң 6 упай топлап, келеси басқышқа жол алған Аргентина ҳәзирше 2-орын ийеси Жаңа Зеландия менен өз-ара күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы