Қанлыкөл районында футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығы кубоги»  ушын жарыс болып өтти. Оған районның барлық аймақларынан келген командалар қатнасты. Жарыс жуўмағында, футбол бойынша 1-орынды Қосжап аўыл пуқаралар жыйыны командасы ийелеген болса, 2-3-орынларды Алтынкөл ҳәм Бостан АПЖ жаслары ийелеўге миясар болды.





Ал, мини-футбол бойынша өткерилген жарысларда  1-орынды ерлер арасында Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны командасы, 2-3-орынларды Дослық ҳәм Бостан елатының жаслары ийелеўге еристи.

Қызлар арасындағы жарыслар болса, секторлар арасында өткерилип, онда 1-орын  4-сектор қызлары, 2-3-орынлар 2-3-сектор командаларына несип етти.




Жарыс жуўмағында, район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жеңимпазларды ерискен табысы менен қутлықлап, 1-орынды ийелеген командаларға келеси бақышқа қатнасыў ушын жоллама, арнаўлы кубок ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Сондай-ақ, 2-3-орынларды ийелеген командалар да дәрежели Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы