Қанлыкөл районында футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығы кубоги» ушын жарыс болып өтти. Оған районның барлық аймақларынан келген командалар қатнасты. Жарыс жуўмағында, футбол бойынша 1-орынды Қосжап аўыл пуқаралар жыйыны командасы ийелеген болса, 2-3-орынларды Алтынкөл ҳәм Бостан АПЖ жаслары ийелеўге миясар болды.
Ал, мини-футбол бойынша өткерилген жарысларда 1-орынды ерлер арасында Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны командасы, 2-3-орынларды Дослық ҳәм Бостан елатының жаслары ийелеўге еристи.
Қызлар арасындағы жарыслар болса, секторлар арасында өткерилип, онда 1-орын 4-сектор қызлары, 2-3-орынлар 2-3-сектор командаларына несип етти.
Жарыс жуўмағында, район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жеңимпазларды ерискен табысы менен қутлықлап, 1-орынды ийелеген командаларға келеси бақышқа қатнасыў ушын жоллама, арнаўлы кубок ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Сондай-ақ, 2-3-орынларды ийелеген командалар да дәрежели Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы