Барлық хызметкерлер, соның ишинде,еки жумысты қатар ислеў тийкарында ислеўшилер де ҳәр жылғы мийнет дем алысына шығыў ҳуқықына ийе.

Ҳәр жылғы мийнет дем алысы дем алыў ҳәм жумыс қәбилетин тиклеў ушын жумыс орны (лаўазымы) ҳәм мийнет ҳақысы сақлап қалынған ҳалда хызметкерге жумыс жылы даўамында берилетуғын ўақыт дәўири есапланады.

Ҳәр жылғы мийнет дем алысының улыўма даўамлылығын есаплап шығарыўда қосымша дем алыслар ҳәр жылғы тийкарғы ең кем дем алыс ямаса ҳәр жылғы тийкарғы узайтылған дем алысқа қосып жәмленеди. Ҳәр жылғы тийкарғы ең кем мийнет дем алысының даўамлылығы 21 календарь күнди қурайды.

Төмендегилерге жасы ҳәм денсаўлығының жағдайы есапқа алынған ҳалда ҳәр жылғы тийкарғы узайтылған дем алыс бериледи:

– 18 жасқа шекемги шахсларға – 30 календарь күн;

– I ҳәм II топар майыплығы болған хызметкерлерге – 30 календарь күн.

18 жасқа толмаған ҳәм майыплығы болған хызметкерлерге ҳәр жылғы мийнет дем алысын бериў шәрт ҳәм оларды бермеў қадаған етиледи ҳәм жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының хызметкерлерине даўамлылығы 27 календарь күн болған ҳәр жылғы тийкарғы узайтылған дем алыс бериледи.

Ҳәр жылғы қосымша дем алыслар:

мийнет шараятлары қолайсыз жумысларда бәнт болған хызметкерлерге;

қолайсыз тәбийғый-климат шараятларында жумыс ислеп атырған хызметкерлерге;

бир шөлкемде ямаса тармақта көп жыллық мийнет стажына ийе болған хызметкерлерге, яғный хызметкер бир шөлкемде ямаса тармақта ислеген ҳәр бес жылы ушын даўамлылығы еки календарь күн болған, бирақ жәми сегиз календарь күннен көп болмаған ҳәр жылғы қосымша дем алыс бериледи;

нызамшылықта, жәмәәтлик келисимлерде, сондай-ақ жәмәәтлик шәртнамада, ишки ҳүжжетлерде, мийнет шәртнамасында нәзерде тутылған басқа жағдайларда бериледи.

Мийнет кодексине бола, 12 жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың ямаса 16 жасқа толмаған майыплығы болған баланың ата-анасынан бирине  (ата-ананың орнын басыўшы шахсқа) – ҳақы төленетуғын  4 календарь күн қосымша дем алыс бериледи.

Ҳәр жылғы тийкарғы ҳәм қосымша мийнет дем алысларының даўамлылығы календарь күнлерде есаплап шығарылады. Ҳәр жылғы мийнет дем алысы дәўирине туўра келетуғын исленбейтуғын байрам күнлери мийнет дем алысларының даўамлылығын есаплаўда есапқа алынбайды.

Биринши жумыс жылы ушын ҳәр жылғы мийнет дем алысынан пайдаланыў ҳуқықы хызметкер усы жумыс бериўшиде үзликсиз ислеген алты ай өткеннен кейин пайда болады. Мийнет шәртнамасы тәреплериниң келисими бойынша  хызметкерге ислеген алты ай өткенге шекем де мийнет дем алысы берилиўи мүмкин.

Екинши ҳәм кейинги жумыс жыллары ушын ҳәр жылғы мийнет дем алысы жумыс бериўши ҳәм хызметкер ушын мәжбүрий болған мийнет дем алысын бериў гезегине муўапық бериледи. Дем алыслардың кестеси календарь жыл басланғанға шекем жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқамы менен келисим бойынша тастыйықланады. Кестедеги мүддет хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы келисимге тийкарланып өзгертилиўи мүмкин.

Хызметкер ҳәр жылғы мийнет дем алысы берилетуғын ўақты ҳаққында дем алыс басланыўынан кеминде 15 күн алдын хабардар етилиўи керек. Хызметкер ўақтынша мийнетке жарамсызлық дәўиринде, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысының мүддети басланғанда, ҳәр жылғы мийнет дем алысы оқыў дем алысына дурыс келип қалғанда, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик миннетлемелерин атқарып атырғанда, жәмәәтлик келисим ямаса жәмәәтлик шәртнамада нәзерде тутылған басқа жағдайларда ҳәр жылғы мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа мүддетке көшириў ҳуқықына ийе.

Егер мийнет дем алысынан пайдаланыўға тосқынлық етиўши себеплер дем алыс басланғанға шекем келип шыққан болса, хызметкер менен жумыс бериўши арасындағы келисимге тийкарланып дем алыстан пайдаланыўдың жаңа мүддети белгиленеди. Егерде усындай себеп дем алыс ўақтында келип шыққан болса,  дем алыс тийисли күнлер санына узайтылады ямаса тәреплердиң келисими бойынша дем алыстың пайдаланылмай қалған бөлеги басқа мүддетке көшириледи.

Ҳәр жылғы мийнет дем алысы сол жумыс жылы  жуўмақланғанға шекем берилиўи керек. Өндирис өзгешелигине ийе себеплерге бола дем алыста толық бериў имканияты болмаған айырым жағдайда хызметкердиң келисими менен дем алыстың 14 календарь күннен артық болған бөлеги кейинги жумыс жылына көширилиўи мүмкин. Мийнет дем алысынан бөлип-бөлип пайдаланыў мүмкин.

Бул хызметкер менен жумыс бериўшиниң келисимине тийкарланып әмелге асырылады ҳәм дем алыстың ҳеш болмағанда бир бөлеги 14 календарь күннен кем болмаўы керек. Хызметкерге жумыс дәўиринде олардың қәлеўи бойынша мийнет дем алысының 21 календарь күннен тысқары күнлерине пуллы компенсация төлениўи мүмкин. Усы жерде 18 жасқа толмағанлар ҳәм I ямаса II топар майыплығы болған шахслар мийнет дем алысынан толық ҳалда пайдаланатуғын ҳәм мийнет дәўиринде оларды пуллы компенсация менен алмастырыўға жол қойылмайтуғынын атап өтиўимиз керек..

Ҳәр жылғы мийнет дем алыс ўақты ушын ҳақы төлеў жәмәәтлик шәртнамада, ишки ҳүжжетлерде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленген мүддетлерде, бирақ мийнет дем алысы басланғанға шекем ақырғы жумыс күнинен кешиктирмей әмелге асырылыўы керек.

Еслетип өтемиз, жумыс бериўши мийнет ҳақы, дем алыс төлемлерин ҳәм басқа да хызметкерге төлениўи тийис болған төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда, оларды төлеў мүддетинен кейинги күннен баслап ҳақыйқатында есап-санақ етилген күнди өз ишине алған мүддетке шекем ҳәр бир кешиктирилген күн ушын Орайлық банктиң усы ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер (пуллы компенсация) менен бирге төлеўи шәрт.

Насиба ҚУТЛЫМУРАТОВА,

         Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги

         Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.