Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2022-2023-оқыў жылының жазғы семестри ҳәм қабыллаў мапазындағы имтиханлардың ашық, әдил ҳәм коррупциясыз өткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде усы процессте қатнасатуғын бақлаўшылар ушын семинар-тренинг өткерилди.

Онда «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бөлими баслығы П.Хожабеков, оқыў-методикалық басқармасы, билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлиминиң жуўапкерлери, институттың жәмийетлик ҳәм нураныйлар кеңеслериниң ағзалары, декан орынбасарлары, жаслар аўқамы жетекшилери ҳәм белсенди тьюторлар қатнасты.



Илажда сөзге шыққанлар, имтиханларды бақлап барыўшы жуўапкерлерге оқыў ҳәм қабыллаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, имтиханларда сақлық ҳәм өзиниң кәсибине садықлық пенен қатнас жасаған ҳалда, системаға дақ түсирмей қадағалаўы кереклигин атап өтти. Имтиханларды бақлап барыўға тартылған жуўапкерлерге ҳадаллық ҳәм әдалатлы қарары себепли системаға халқымыздың исеними және де артатуғынлығы атап өтилди.

Семинарда жоқары оқыў орнының жуўапкерлери тәрепинен имтихан процесиниң ашық ҳәм әдил түрде алып барылып атырғаны ҳаққында мағлыўматлар берилип, қатнасыўшылар менен биргеликте «Аудитория бақлаўшыларына көрсетпе»ниң бәнтлери ҳәм талаплары додаланып, тастыйықланды.


-Семинар-тренинг институттың коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бөлими тәрепинен, жоқары оқыў орны профессор-оқытыўшылары менен олардың коррупцияға қарсы гүресиў бойынша билимлерин арттырыў, бул бағдардағы реформалардың мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша шөлкемлестирилди, -дейди институттың жәмийетлик ҳәм нураныйлар кеңеслери баслығы Қутлымурат Қощанов. – Имтиханларды ашық, әдил ҳәм коррупциясыз өткериў бойынша институт, факультет басшылары ҳәм бақлаўшылардың ўазыйпалары белгилеп алынды.

Семинар пикир ҳәм тәжирийбе алмасыўлар менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги