Орайлық сайлаў комиссиясының мүддетинен алдын өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына бағышланған гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте округлик сайлаў комиссияларын дүзиў, сайлаў өткериўши комиссиялар ағзаларының маманлығын арттырыў, Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 25-октябрьдеги 969-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслери депутатларының сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша инструкцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасын тастыйықлаўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Округлик сайлаў комиссияларын дүзиў мәселеси бойынша ОСК баслығының орынбасары Б.Қўчқоров баянат жасады:

– Сайлаў кодексине муўапық, мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының қурамы халық депутатлары жергиликли Кеңеслер сессияларында додаланып, Орайлық сайлаў комиссиясына усынылды. Округлик сайлаў комиссияларының ағзалары 15 тен 21 ге шекем болыўы мүмкин. Соннан келип шығып, 14 округлик комиссиялардың ағзалығына жәми 266 талабан усыныс етилди.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары округлик комиссиялардың ағзалығына усыныс етилген талабанлар ҳаққында пикир-усынысларын билдирди. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте сайлаў өткериўши комиссиялар ағзаларының маманлығын арттырыў мәселеси де көрип шығылды. Атап өтилгениндей, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының ағзаларын оқытыў системасын жетилистириў, сайлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшыларының ҳуқықый саўатлылығын арттырыў Орайлық сайлаў комиссияның әҳмийетли ўазыйпалары қатарына киреди. Соның ушын мәжилисте мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши комиссиялар ағзаларының маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында тийисли қарар қабыл етилди.

Усы концепцияға муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте сайлаў комиссиялары ағзаларының сайлаў нызамшылығы ҳәм даўыс бериўде заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланыў бойынша теориялық билимлери ҳәм әмелий көнликпелерин арттырыўға қаратылған каскад усылында оқыў-әмелий сабақларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайын шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, қарар қабыл етилди.

– Баспасөз орайы округлик сайлаў комиссиялары жанында аймақлық филиалларына ийе болады ҳәм өз жумысын нызамлылық, ашық-айдынлық принциплери тийкарында әмелге асырады,-деди ОСК ағзасы Ш.Қудратхўжаев. – Мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық процесслерди сәўлелендириўде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен тығыз бирге ислесиў алып барады.

Мәжилисте мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасы да тастыйықланды.

Атап өтилгениндей, бул сметаны тастыйықлаўда бюджет қаржыларының үнемлениўине айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, 2019-жылы ўәкилликли уйымлар сайлаўында мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған улыўма қаржылардың 19,8 проценти, 2021-жылдағы президентлик сайлаўында 26 проценти ҳәм усы жылы болып өткен референдумда 13,5 процент бюджет қаржылары үнемленген.

Орайлық сайлаў комиссиясы Сайлаў кодексиниң талапларына әмел еткен ҳалда мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасын 174 миллиард доллар 130 миллион сум муғдарында ислеп шықты.














Бул қаржы бурынғы президентлик сайлаўы ушын ажыратылған қаржыдан 41 процентке аз екенин атап өтиў керек. Қәрежетлер сметасына бола, қаржылардың дерлик 82 проценти округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының жумысын шөлкемлестириў ушын ажыратылмақта. Бул қаржылардың 76 проценти округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларының мийнети ушын төлеп берилетуғын компенсация төлемлерине жумсалыўы режелестирилген.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы