Ҳәр жылы дәстүрий түрде шайыр И.Юсупов ҳәм жазыўшы Тайыпбергеновлардың туўылған күни мүнәсибети менен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң басламасы менен оқыўшыжаслар арасында «Ибрайым Юсуповтың избасарлары» ҳәм «Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўы өткерилмекте.

Быйылғы таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышлары 17 аймақта өткерилип, жеңимпаз болған командалар 19-май күни Қарақалпақстан Республикасы басқышында беллести.

Илаж басланыўынан алдын Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов шығып сөйлеп, еки уллы тулғаның өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Таңлаўды белгили жазыўшы-шайырлардан, әдебиятшы ҳәм муғаллимлерден ибарат төрешилер қурамы 3 шәрт бойынша баҳалап барды.

Нәтийжеде биринши орынды Мойнақ ҳәм Шымбай районлары, екинши орынды Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районы, үшинши орынды Хожели ҳәм Қанлыкөл районлары улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларынан ибарат командалар ийеледи. Сондай-ақ,  «И.Юсуповтың қосықларын көркемлеп оқыған оқыўшы», «Т.Қайыпбергенов шығармаларын ядтан билген оқыўшы» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды.



Жеңимпаз командалар ҳәм белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен алғыснама ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги