Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судыныӊ 2021- жыл 28-октябрьдеги қарары қарыздар О.С.дан өндириўши Х.Р.дың пайдасына оның тәрбиясындағы жасы жетпеген перзентлери ушын алимент өндириў белгиленген еди.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросыныӊ Қанлыкөл районлық бөлиминиӊ ис жүргизиўине келип түсип, орынлаў иси жүргизиўи қозғатылған. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар жасаў мәнзилинде бир қанша ўақыттан берли жасамай атырғанлығы анықланғанлығы, шығып кеткен жери белгисиз болғанлығы себепли оған 2022-жылдың 14-апрель күни тийисли тәртипте излеў жәрияланды.
Мәжбүрий орынлаў бюросы басқармасының излеў секторы тәрепинен алып барылған жумыслар нәтийжесинде қарыздар усы жылдың 20-апрель күни табылып, оннан 33,8 миллион сум қарыздарлық толық өндирилди.
Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,
ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги