16-18-май күнлери Самарқандта Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 32-жыллық мәжилиси өткерилди.

Саммит жумысында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти, Европа Комиссиясы вице-президенти, ЕТРБ Басқарыўшылар кеңесиниң баслығы, сырт ел ҳүкиметлери, жетекши трансмиллий корпорациялар ҳәм санаат холдинглери, халықаралық финанс институтлары ҳәм банклердиң басшылары, сондай-ақ, дүньяның 70 мәмлекетинен экономика, инвестиция, қаржы, инновация тараўының экспертлери ҳәм аналитиклери, пуқаралық жәмийетиниң белсендилери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери – жәми 2,5 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни Басқарыўшылар кеңесиниң мәжилисинде қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы алты жыл алдын баслаған исенимли реформаларымыз нәтийжесинде мәмлекетимиздиң көриниси пүткиллей өзгерип, дүньяға кеңнен ашылып атырғаны, бүгин Жаңа Өзбекстан барлық тараўларда халықаралық бирге ислесиў ушын таяр екенлигин атап өтти.

Халықаралық әнжуманның үшинши күни де тәреплер ушын бирдей пайдалы тәреплерди нәзерде тутқан бир қатар илажлар өткерилди.

Әсиресе, Орайлық Азия регионы, атап айтқанда, республикамыздың экономикасын және де жоқарылатыўға хызмет етиўши «Өзбекстан капитал базарының раўажланыўы», «Өзбекстан банклериниң трансформациясы ҳәм банклеримизди меншиклестириў процеси» сессиялары қәнигелерде үлкен қызығыўшылық оятты.

«Америка-Өзбекстан саўда палатасы. Америка гүрриңи: АҚШ бизнеси не себептен Орайлық Азияда!» атамасындағы сессияны Өзбекстан – Америка саўда палатасы атқарыўшы директоры Елена Сон басқарып барды.

Резиденциясы Америка Қурама Штатлары пайтахты Вашингтон қаласында жайласқан бул структура АҚШ компанияларының Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстандағы мәплерин қорғаў мақсетинде жумыс алып барады.

Америка – Өзбекстан саўда палатасы жуўапкерлерине бул абырайлы әнжуман бағдарламасында айрықша мәжилис ушын имканият берилгени бийкарға емес. Ҳәзирги күнде регионымызды экономикалық раўажландырыў процесинде АҚШ пенен бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди.

Бул илажда да Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан базарында жумыс алып барып атырған ири компаниялардың ўәкиллери, инвесторлар, бизнесменлер белсене қатнасты. Тиккелей сөйлесиў, ҳәр қыйлы әҳмийетли темаларда сойлесиў алып барыў, машқалалы мәселелерди биргеликте шешиў имканиятын берген ушырасыў даўамында олар бир-бирине өзлериниң жаңа өним ҳәм хызметлерин усынды.

– Биз ЕТРБ ҳәм Өзбекстанның биргеликтеги ис-ҳәрекетлерин жоқары қәдирлеймиз ҳәм тән аламыз,-дейди Елена Сон. – Улыўма, бундай әжайып белсендилик басқа да халықаралық структураларды да мәмлекетиңиз бенен байланысты беккемлеўге ийтермелеп атыр. Өзбекстан – Америка саўда палатасы республикаға 30 жыл алдын кирип келген. ЕТРБ менен де биз турақлы түрде, ҳәр күнги тәртипте бирге ислеп атырмыз, деп айтыў мүмкин. Байланысларымыз избе-изликке ийе болған, турақлы түрде көплеген әҳмийетли тараўлар менен тармақларды раўажландырыўға қаратылған вебинарлар, ҳәр қыйлы түрдеги ушырасыўлар, нәтийжели сөйлесиўлер өткеремиз. Усы мәниде регионаллық шерикликти беккемлеўге қаратылған бүгинги илаж да тез арада өз нәтийжелерин беретуғынына исенемиз.

Басқарыўшылар кеңеси мәжилисиниң жуўмақлары бойынша өткерилген баспасөз әнжуманында ЕТРБ президенти Одиль Рено-Бассо ханым Самарқанд әнжуманы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша баҳалап, оның ушын Өзбекстан администрациясына миннетдаршылық билдирди.
















– Өткен жылғы жумысымыз есабатында дүнья бойлап мәмлекетлерге рекорд дәрежеде инвестиция киргизгенимиз көринди,-деди Одиль Рено-Бассо. – Әсиресе, энергетика, «жасыл» экономика, азық-аўқат қәўипсизлиги бағдарларына ажыратқан инвестициямыз салмақлы болды. Келешекте де бул бағдарлардың үстинлиги сақлап қалынады. Экономиканың турақлылығын тәмийинлеў ушын инвестицияның 50 проценти «жасыл» экономикаға қаратылады.

Самарқандта болған Басқарыўшылар кеңеси мәжилиси шеңбериндеги барлық ушырасыў, сессия ҳәм сөйлесиўлер табыслы өтти. Басқарыўшылар кеңеси банкимиз тарийхындағы ең салмақлы келисимлер топламына қол қойды. Бул ҳүжжетлер биз бенен ислесип атырған ҳәм сыртқы шериклеримиз болып есапланған мәмлекетлерге тийисли үш тийкарғы бағдарды қамтып алды.

Улыўма, үш күн даўамында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң 32-жыллық мәжилиси шеңберинде өткерилген елиўден аслам илажда ЕТРБ қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм келешектеги ўазыйпалар, басқа да халықаралық шөлкем ҳәм структуралар менен бирге ислесиў, дүньядағы геосиясий жағдайдан келип шығып, мәмлекетлердиң экономикасын раўажландырыў, пуқаралық жәмийети институтларының ролин арттырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды. Өзбекстанда бизнести жолға қойыў ҳәм раўажландырыў ушын жаратылып атырған қолайлы имканиятлар, тартымлы инвестициялық орталыққа байланыслы мағлыўмат берилди, презентациялар өткерилди. Көплеген министрликлер, уйымлар, қаржы мәкемелери тәрепинен ҳәр тәреплеме пайдалы келисимлерге ерисилди.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршылары