Ҳәзирги ўақытта республикамызда бақланып атырған суўдың там-тарыслығы, дийқанларымызға азық-аўқат өнимлерин жетистириўде, пахта, ғәлле ҳәм басқа да егислик майданларда суўды үнемлеўди, оннан тек ғана мақсетке муўапық пайдаланыўды талап етпекте.
Усы мақсетте республикамызда 2023-жылдың өними ушын жәми 20224 гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар, соннан 17649 гектар майданда тамшылатып, 1575 гектар майданда жаўынлатып ҳәм 1000 гектар майданда дискретли суўғарыў системасын енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлери белгиленген.
Белгиленген прогноз көрсеткишлери шеңберинде районлардың мәнзилли дизимлери қәлиплестирилип, бүгинги күнде қурыўшы кәрханалар менен исбилерменлер арасында тийисли шәртнамаларды рәсмийлестириў ҳәм коммерциялық банклерден кредит қаржыларын ажыратыў жумыслары әмелге асырылмақта.
– Бүгинги күнде 5686 гектар пахта майданлары ушын суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша шәртнамалар рәсмийлестирилген болып, коммерциялық банклерге 330 гектарға кредит ушын ҳүжжетлер тапсырылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги қәнигеси Ш.Оразбаев. – Интакерлердиң есабынан 1339 гектары қаржыландырылды.
Ҳәзирги ўақытта 1560 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, 2023-жылдың өними ушын егилген ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша шәртнамалар да толық рәсмийлестирилди. 313 гектар майданда қаржыландырыў жумыслары алып барылып, соннан 200 гектар майданда қурылыс жумыслары алып барылып технологиялар иске түсирилди.
Суўды үнемлеўши технологиялар енгизилиўи режелестирилген майданлардан, тамшылатып суўғарыў бойынша белгиленген жерлердиң 10861 гектары пахта, 1765 гектары бағ, 1493 гектары жүзим, 3530 гектары басқа түрдеги егислик атызларға туўра келеди. Ал, жаўынлатып суўғарыў ушын белгиленген жерлердиң 1350 гектарын ғәлле, 100 гектарын овощ, 125 гектарын азықлық егинлер егилетуғын атызлар қурайды. 1000 гектары дискретли суўғарылатуғын жерлер болып есапланады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги