Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Тахтакөпир районлық бөлими, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жер майданын алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда пуқара Г.А арза ийеси А.ның исенимин кирип, жоқары лаўазымларда ислеўши таныслары арқалы Нөкис қаласы Қум аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан ҳеш қандай ҳүжжети болмаған 6 сотых жер майданын рәсмийлестирип бериўди айтады. Буның ушын алдаўшылық жолы менен 23 миллион сум пулды алған ўақтында усланды.  Тергеўге шекемги тексериў ўақтында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Нөкис қалалық филиалының мағлыўматы бойынша бул жер майданы мәмлекетлик дизимнен өтпегенлиги ҳәм ҳәзирги ўақытта мәмлекет резервинде  екенлиги анықланды.

Жоқарыдағы жағдай бойынша Департаменттиң Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 168-статьясы (алдаўшылық)  ҳәм  28, 211-статьялары (пара бериў)  менен жынаят иси қозғаталып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.


Қарақалпақстан хабар агентлиги