“Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли жәмәәти дѳретиўшилик жәмәәти усы жылдың 29-апрель ҳәм 1-май күнлери Арқа Македонияда болып ѳткен “SARAJ FEST — 2023” ҳәм 30-апрель—13-май күнлери аралығында түркий мәденият шөлкеми “TURKSOY” тәрепинен Әзербайжан Республикасының Шуша қаласында өткерилген “Харыбүлбүл” халықаралық фольклор фестивальларына табыслы қатнасып қайтты.
Скопье қаласында үш күн даўам еткен халықаралық фольклор фестивалында онға шамалас мәмлекетлер қатарында “Айқулаш” жәмәәти қарақалпақ миллий қосық, ойынлары арқалы халқымыздыӊ үрп-әдет, дәстүрлерин, бай фольклорлық мийрасымызды дүнья жүзине таныстырды.
-Фестиваль шеңберинде ҳәр бир мәмлекеттен келген делегация ағзалары, шѳлкемлестириўшилер менен ушырасып, онда алдағы ўақытлары және де бирге ислесиӯ бойынша пикир-усыныслар билдирилди,-дейди ансамбль директоры Аяпберген Алланиязов.-Жәмәәтимиздиң тарийхы, жетискенликлери менен шет елли досларымызды жақыннан таныстырдық. Жигирма жети адам қурамында қатнасқан жәмәәтимиз ағзалары өз шеберликлери менен тамашагөйлерде айрықша тәсир қалдырды. Көркем фольклорлық композициямызда тек ғана қосықлар, ойынлар ҳәм тамашалар орын алып қоймастан, дуӯтар, қобыз, ҳәм басқа да миллий саз әсбапларымызда шебер сазенделеримиз тәрепинен атқарылған миллий намалар да айрықша қызығыӯшылық оятты. Қуўанышлысы, ансамбль жәмәәти ендиги жылы да усы фестивальға қатнасыӯ мирәтнамасын қолға киргизди.
Әзербайжанда ѳткерилген фестивальға да Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Венгрия, Молдавия, Россия, Түркия ҳәм басқа да мәмлекетлерден фольклор жәмәәтлери қатнасты. Көтериӊкилик руўхында болып өткен фестивальда “Айқулаш” ансамбли жыйналғанларға “Бир пәрий” композициясын усынды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан халық жыраӯы Бақберген Сырымбетов, бақсы Қуӯаныш Сейтимовлар тәрепинен шеберлик пенен атқарылған дәстанлардан үзиндилерди тамашагөйлер айрықша қызығыўшылық пенен тыӊлап, узақ қол-шаппатлаўлар менен өз миннетдаршылықларын билдирди.
-Әзербайжан Мәденият министри Адил Керимли Қарақалпақстанның шығыӯына айрықша итибар берип, әсиресе, жыраӯымыздың бундай етип жырлаӯын биринши мәрте жанлы тәризде тыӊлап, айрықша тәсирге бөленгенлигин атап өтти. Жыраӯ ҳәм бақсыларымыздыӊ айрықша талантына таң қалып, халқымыз мәденияты менен көркем өнерине жоқары баҳа берди. Ол биз берген саӯғаларды ҳүрмет пенен қабыл етип, миллийлигимизди сәўлелендириўши өнер үлгилерин “Хайдар Алиев” музейи фондына тапсырылатуғынлығын атап өтти. Халқымызға билдирилген бундай сый-ҳүрмет ҳәр биримиздиӊ төбемизди көкке көтерди,-дейди ансамбль директоры А. Алланиязов.
Дѳретиўшилик изленистен, миллий мәдениятымыз бенен кѳркем ѳнеримизди үгит-нәсиятлаўдан шаршамайтуғын ансамбль жәмәәти 15-май күни Наўайы ўәлаятына дѳретиўшилик сапарға жол алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги