Статистика агентлиги мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-март айларында Ташкент метрополитенинде 38,7 млн жолаўшы тасылған.

Бул көрсеткиш 2022-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 11,3 млнға көп.

2023-жыл январь-март айларында Ташкент метрополитенинде бир күнде орташа 430,1 мың жолаўшылар тасылған болып, 2022-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 41,3 % ке көп.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги