Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) Орайлық Азия мәмлекетлери, сондай-ақ Қазақстан, Қырғызстан, Монголия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан экономикасы 2023-жылда орташа 5,2 процентке өсетуғынын болжамақта.

Орайлық Азия аймағы 2024-жылы 5,4 процент әтирапында өсиўде даўам етиўи күтилмекте. ЕТРБ пресс-резилинде айтылыўынша, 2022-жылы Өзбекстан экономикасы 5,7 процентке өсиўге ерискен, бул сыртқы ҳәм ишки талап жағдайларыныӊ сезилерли жақсыланыўын, сондай-ақ, пул өткермелери еки еседен зыят көбейгенин көрсетеди. Экономика 2023-2024-жылларда сырт ел инвестициялары, компаниялары ҳәм физикалық шахсларыныӊ кирип келиўи, жақсы басқарылатуғын меншиклестириў ҳәм исбилерменлик орталығы нәтийжесинде 6,5 процентке өсиўи күтилмекте.

 

Саёра Шамуратова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги