Нөкис қаласындағы 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, балалар шайыры Шийрин Атамуратова менен мектеп жәмәәтиниң ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени мектеп директоры Гүлайым Аташова басқарып барды. Онда мектеп директорының руўыхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Сәрбиназ Рейимназарова балалар шайыры. Шийрин Атамуратованың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында оқыўшыларға кең түрде айтып берди.
Ушырасыў кешесинде Ш.Атамуратова шығып сөйлеп, оқыўшыларға өзлериниң жаңа қосықларынан оқып берди.
Кешеде дөретиўшиликке қызығыўшы оқыўшылар тәрепинен шайыр апамызға сораўлар берилип, оған тийисли жуўаплар алды.
Илаж соңында мектеп оқыўшылары тәрепинен шайыр қосықлары атқарылып, бул кеше қатнасыўшыларында умтылмас тәсир қалдырды.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, шайырдың қосықлары 70-жыллардан баслап баспасөз бетлеринде жәриялана баслаған. Оның авторлығында бүгинги күнге шекем «Әткөншек», «Саўға», «Шадлық», «Пышығым», «Бахытлы балалық», «Шүңкилдескен балалар», «Сәлем мектеп» атлы китаплары баспадан шығып, кең жәмийетшиликке усынылған.
Шийрин Атамуратова 1983-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы болып есапланады.
Пәрўаз Есназарова,
Нөкис қаласындағы 28-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.
Қарақалпақстан хабар агентлиги