Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 21-февральдағы «2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында Муўапықластырыўшы кеңеске Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша екинши Ықтыярлы миллий есабаты жойбарын ислеп шығыў ҳәм оны додалаўды шөлкемлестириў белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бюджет шөлкемлери қаржы-есап бөлимлериниң хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў оқыў орайында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң экспертлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында Турақлы раўажланыў мақсетлериниң «Экономикалық абаданлық» ҳәм «Социаллық қорғаў» бағдарлары бойынша эксперт топарларының қатнасыўында Өзбекстанның екинши Ықтыярлы миллий есабаты жойбарын додалаў мәжилиси өткерилди.
– Өзбекстан 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў бойынша күн тәртибинде бир қатар мақсетлерди белгилеп алған. Барлық реформа инсан мәплерин тәмийинлеўи менен бирге мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын тийкар болып хызмет етеди,-дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Шуҳрат Шарипов. – Өзбекстан 2020-жылы БМШтың жоқары дәрежедеги сиясий форумында биринши мәрте Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) шеңберинде орынланған жумыслар ҳәм бир қатар машқалалар киргизилген биринши Ықтыярлы миллий есабатын (кейинги орынларда ЫМЕ) усынды. Министрлер Кабинетиниң қарары менен белгиленген мақсетлерде турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын жумыслар әмелге асырылады ҳәм оларды таллап барады.
Халықаралық жәмийетшилик ҳәм халықтың усыныслары инабатқа алынған. Сондай-ақ, соңғы жыллары барлық имканиятлар иске қосылған ҳалда бул машқалаларды сапластырыў ҳәм олардың шешимин табыў илажлары әмелге асырылды. Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 70 процентке жеткерилди. 2019-2021-жыллары жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм қабыллаў квоталары дерлик 2 есеге арттырылды. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған ҳаял-қызлардың саны 2 есеге артты.
Илажда атап өтилиўинше, БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы басқа мәпдар министрликлер, уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте Екинши Ықтыярлы миллий есабатқа бола, республикамызда мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2015-жылдағы 21 проценттен 2022-жылы 70 процентке жеткерилди. Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын қосымша имканиятлар жаратылды.
Есабатта халықтың абаданлығын тәмийинлеўди төменлететуғын факторлар, макроэкономикалық турақлылыққа, мәмлекеттиң азық-аўқат, энергетика, технологиялық, мәлимлеме ҳәм экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўге белгили дәрежеде унамсыз тәсир етиўши сыртқы қәўип-қәтерлер де айрықша атап өтилген.
Миллий есабаттың бул жойбары алдынырақ додалаў ушын Экономика министрлигиниң рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде жәмийетшиликке усынылды.
Есабатты кең жәмийетшилик ҳәм халықаралық жәмийетшилик ушын жәриялаўдан мақсет ТРМға ерисиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көлемин кеңейтиў, адамлардың пикир-усыныслары тийкарында барлық бағдардағы реформаларды және де жеделлестириўден ибарат болып есапланады.
Илажға қатнасыўшылар Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша Екинши Ықтыярлы миллий есабаттың жойбары бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА