Қазақстан Республикасының Алмата қаласында «Биз бақытты баламыз» атамасында халықаралық  таңлаў болып ѳтти.

Бул таңлаўға бизиң республикамыздың да талантлы оқыўшылар табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтатуғын болсақ, Нѳкис қалалық халық билимлендириў бѳлимине қараслы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 5-класс окыўшысы Асемай Уракова эстраданың вокал бағдары бойынша, Қоңырат районындағы 10-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Әткөншек» ансамбли ағзалары миллий саз өнери бағдары бойынша Гран-При сыйлығын жеңип алыўға миясар болды.

-Соның менен бирге, таңлаўда мектебимиз оқыўшыларынан Нуртилек Нийетов вокаль бағдарында, Жасмина Махсетбаева фортепианода  2-орынды ийелеген болса, Тумариса Анварова фортепианода 3-орынды қолға киргизиўге еристи,-дейди Қоңырат районындағы 10-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры Ўәлийхан Давлетов.-Оқыўшыларымызды бул жарысқа мүнәсип түрде қатнасыўына жәрдем бергени ушын район ҳәкими Б.Мадаминовқа мектебимиз атынан үлкен рахмет айтаман.





Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, таңлаўда жеңимпаз атанған республикамыз оқыўшылары усы жылдың июль айында Қырғыз Республикасында болып өтетуғын халықаралық таңлаўға жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы