Өзбекстанда Россияның 3 – Россия гуманитарлық университети, Москва мәмлекетлик геодезия ҳәм картография университети ҳәм Қубла Кавказ федераллық университетиниң филиаллары ашылады. Бул ҳаққында Россия сыртқы ислер министриниң орынбасары Михаил Галузин мәлим етти.
Оның атап өтиўинше, Орайлық Азия мәмлекетлеринде Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларын ашыў режелестирилмекте.
Соның ишинде, Қырғызстанда да Россияның 3 жоқары оқыў орынлары ашылады. Ашхабадта болса Россия-Түркменстан қоспа университетин енгизиў жойбары муўапықластырыў басқышында.
Булардың бәршеси бизиң регионда жумыс алып барып атырған 25 жоқары билимлендириў мәкемелеримиздиң филиалларына қосымша болады», – дейди Галузин.
СИМ баслығының орынбасары, сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Россияда Орайлық Азия мәмлекетлеринен 185 мыңға шамалас студент билим алып атырғаны ҳәм соннан 68 мыңға шамаласы Россия бюджети есабынан қаржыландырылатуғынын айтты.
«2023-2024-оқыў жылында биз қазақстанлы студентлерди оқытыў ушын квотаны 200 орынға арттырдық. Сондай-ақ, Қырғызстан пуқаралары ушын және 200 орын, Өзбекстан пуқаралары ушын 50 орын ҳәм Тәжикстан пуқаралары ушын 152 орын қосымша ажыраттық», – дейди Михаил Галузин.
Еслетип өтемиз, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Россияның жигирмаға шамалас жоқары оқыў орынларының филиаллары бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги