Ҳүкимет қарарына муўапық қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилетуғыны белгиленген.
Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усынысына ийе болыўы керек.
Усыныс алыў ушын талапкерлер төмендеги нормалардың ҳәммесине муўапық келиўи керек:
– орта арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
– усыныс алғанға шекем жоқары билимлендириў алмағаны ямаса алмай атырғаны;
– орта арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў қәнигелиги бойынша кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болыўы.
Талапкерлер усы жылдың 1-июнине шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў ямаса ўақтынша дизимде турған орнындағы район (қала)лық Жумысшы топарларға мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
– пуқаралық паспорт ямаса ID карта нусқасы;
– мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
– орта-арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.
Талапкерлер тәрепинен усынылған арза ҳәм ҳүжжетлер район (қала)лық Жумысшы топарлар тәрепинен орнатылған тәртипте 17-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныс бериў ямаса усыныс бериўден бас тартыў ҳаққында шешим қабыл етиледи.
2022-2023-оқыў жылында усыныс алған, бирақ жоқары билимлендириў мәкемелерине студентликке усыныс етилмеген ҳаял-қызлардың усыныслары 2023-2024-жыллар ушын да әмел етеди.
Ш.Маматуропова, ӨзА