18 жастан 30 жасқа шекемги жаслар қатламына профилактикалық тексериўлер, скрининг бағдарламаларын режели шөлкемлестириў, медициналық тексериўдиң нәтийжелерине бола кеселлик анықланған жасларды емлеў, денсаўлықларын беккемлеў илажларын көриў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде май айы – «Жаслар саламатлығы айлығы» деп жәрияланды.

Айлық илажлары басланып, аймақтағы жаслар жасынан, жынысы ҳәм денсаўлығынан келип шыққан ҳалда тийисли топарларға ажыратылды ҳәм дизим қәлиплестирилди. Усы дизим тийкарында профилактикалық тексериўлер ҳәм скрининглерден өткериў күнлик тармақ режелери ислеп шығылды.

Алыс ҳәм шетки, шегара аймақларға көшпели бригадалар жәрдеминде, ал, ҳәмиледар, туўған ҳаяллар ҳәм майып жаслардың үйлеринде тексериўлерди шөлкемлестириў илажлары алып барылды.

Республикамызда 18 жастан 30 жасқа шекемги 430 мыңға шамалас халық болып, соннан реже бойынша май айы даўамында 39 мың 737 син медициналық тексериўден өткериў режелестирилген. Усы жылдың 8-11-май күнлери даўамында 6 мың 133 жас тереңлестирилген тексериўден өткерилип, олардың ишинде өмиринде биринши мәрте созылмалы кеселлик анықланғанлар диспансерлик бақлаўға алынып, индивидуал саламатландырыў илажлары әмелге асырылды.  Өткир ҳәм созылмалы кеселликлери анықланған жаслардың амбулаториялық емлениўинде күндизги емлеўханалардың, стационар жәрдемге мүтәж болғанларды емлеўде районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелериниң имканиятларынан пайдаланыў, терең қәнигелестирилген медициналық жәрдемге мүтәжлерди саламатландырыў илажлары бойынша денсаўлықты сақлаў министрлигине усыныслар киргизиў жумыслары алып барылмақта.






– Тар шеңбер қәнигелери жасларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди, -дейди Беруний районындағы Бийбазар шаңарақлық шыпакерлик пункти шыпакери Б.Ражапова. – Оларға анық диагнозлар қойылып, реже тийкарында емлеў илажлары алып барылмақта. Емлениў ушын қәнигелестирилген емлеў-профилактика мәкемелерине жолламалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги