Мақсет (аты өзгертилген)  2023-жыл 13-февраль күни саат 09:00 лар шамасында Нөкис қаласында өзине тийисли болған “Кобальт” маркалы автомашинасының арқасында күндеги әдети бойынша “қара қазаны”н қайнатыў, балаларының ырысқысын териў ушын жолға шыққан ол қәпелимде бахытсыз ҳәдийсеге ушырап, адам қағып алды.

Ақыбетинде жәбирлениўши аўыр дәрежели дене жарақатын алып, емлеўханаға түсти. Солай етип, Мақсет өзиниң жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланыўшы қатарында иске тартылған.

Бул жынаят иси жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды тәрепинен Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетинде ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Суд мәжилисинде айыпланыўшы Мақсет, жәбирлениўши Роза ҳәм оныӊ нызамлы ўәкили судқа арзалары менен мүрәжат етип, ис бойынша келтирилген материаллық зыян толық қапланғанлығы ҳәм тәреплер өз-ара жарасқанлығы себепли, жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды сорады. Суд, судланыўшы ҳәм гүўалардың кѳрсетпелерин тыңлап, жынаят иси ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте топланған дәлиллерге баҳа берип, Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлими, 585-586-статьяларына әмел етип, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланған Мақсеттиң қарсысына топланған жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкарланып өндиристен қысқартыўды уйғарды. Жәбирлениўши Роза ҳәм нызамлы ўәкилине усы ис бойынша ис жүргизиўди қайта тиклеў бойынша илтимаснама бериў ҳуқықы жоғалғанлығы түсиндирилди. Наразы тәреп, уйғарыў шығарылған ўақыттан баслап 20 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясына апелляциялық тәртипте жеке шағым яки жеке протест келтириўи мүмкин.

Суд мәжилиси жуўмақланғаннан соң, судья студентлерге бул уйғарыўдың нызамлы тийкарларын түсиндирди. Жолларда ҳәрекет қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде жүз беретуғын бахытсыз ҳәдийселер ҳаққында айтып, оған байланыслы нызамшылықта белгиленген жуўапкершилик мәселелери туўралы да жасларға кеңнен түсиник берилди.

Райса БЕКМУРАТОВА,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги