Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында журналист ҳәм жазыўшы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Журналистлер ҳәм Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы, “Шуҳрат” медалыныӊ ийеси Арыўхан Турекееваның “Журналистика мениӊ өмиримде” атамасындағы жаӊа китабыныӊ презентациясы болып өтти.
Илажға Мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлери, “Билимли жаслар” клубының ағзалары қатнасты.
Онда сөзге шыққан Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген журналист К.Реймов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген журналист П.Хожамуратова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы, шайыр Ж.Өтениязов ҳәм журналист З.Абдиниязовалар оқыўшылар қәўимине усынылып атырған жаӊа китаптың мазмуны, әҳмийетине тоқтап, китап авторының дөретиўшилик мийнети ҳәм ерискен табысларын мақтаныш пенен тилге алды.
А.Турекеева журналист ҳәм жазыўшы сыпатында журтшылыққа жақсы таныс. Оныӊ “Муҳаббат ҳеш нәрсени таӊламайды”, “Мийрим”, “Тәғдир сынағы”, “Мениӊ атам”, “Шүкиршиликте гәп көп”, “Гүлдананыӊ ҳақыйқаты” атлы китаплары жарық көрди. Оныӊ китапларыныӊ саны және биреўге артып, жақында оныӊ “Журналистика мениӊ өмиримде”атамасындағы китабы баспадан шықты.
Бул китапқа журналисттиӊ 1989-2022-жыллар аралығында жазған очерк, публицистика, интервью, мораль темасында, сын ҳәм журналистиканыӊ көплеген жанрларында жазылған мақалалары киргизилген. Онда турмысымыздағы бүгинги жетискенликлер, кемшиликлер, белгили инсанлардыӊ үлгили өмири ҳәм ислеген мийнетлери, ерискен табыслары ҳаққында сөз етилген.
Буннан соӊ автор А.Турекеева да сөзге шығып, китаптан орын алған дөретпелердиӊ жазылыў тарийхы, баспаға таярланыў процесслери, китаптыӊ сапалы шығыўына үлес қосқан “Билим” баспасы жәмәәтиниӊ мийнети ҳаққында сөз етип, бүгинги илаждыӊ жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўине себепши болған Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлимине Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы жәмәәтине ҳәм басқа да қатнасыўшыларға өз миннетдаршылығын билдирди.
Жас китапқумарлар авторға өзлерин қызықтырған сораўларын берип, жуўап алды.
Сораў-жуўап, пикир алысыўлар менен мазмунлы өткен ушырасыў соӊында көп китап оқығанлығы, зейинлилиги менен көзге түсип, илаждыӊ көтериӊкилик руўхта өтиўине үлес қосып, белсендилик көрсеткен китапқумар жаслар автордыӊ қолынан жақсы тилеклер жазылған жаӊа китапларды алыўға миясар болды.
Эльмира САЙТЖАНОВА,
Журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги