Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында ата-аналар менен ушырасыў өткерилди.

Онда филиал   директоры   Адилбай   Есимбетов   ата-аналар менен ашық сәўбетлесиў даўамында оқыў орнында алып барылып атырған билимлендириў системасы ҳәм оқыў процесслери, ишки тәртип-қағыйдалар, студентлерге сапалы билим бериў ушын жаратылған шараятлар  туўралы толық мағлыўмат берди. Соның менен бирге, ерисилген нәтийжелер, оларда студентлердиң мийнетине тоқтап өтти.

Ушырасыў даўамында мәмлекетимизде жоқары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, жаслардың ҳәр тәреплеме заманагөй билим алыўына әҳмийетли мәселе сыпатында қаралып, филиал басшылығы ҳәм профессор-оқытыўшылар бар билим және тәжирийбесин студентлерге тыянақлы билим бериўге жумсап атырғанлығы атап өтилди. Соның иенен бирге, студентлердиң мәнаўиятын жетилистириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе спортты раўажландырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўға  қаратылған итибар нәтийжесинде жақсы көрсеткишлерге ерисип атырған студентлер атап өтилди. Ата-аналарды оқыў орнындағы жағдайлар, жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырыў мақсетинде видеоролик қойып берилди.

Ушырасыў даўамында устазлары тәрепинен бирлген билимлерди терең өзлестирип, айрықша баҳаларға оқып атырған жаслардың ата-аналарына оқыў орнының басшылығы тәрепинен алғыснамалар тапсырылды. Өз заманласларына өрнек болып киятырған студентлердиң ата-аналарына миннетдаршылық билдирилди.  Сондай-ақ, халықаралық таңлаўларда табысларға ерискен жасларға естелик белгилери, гүўалықлар ҳәм дипломлар тапсырылды. Бул өз гезегинде ата-аналарға айрықша қуўаныш бағышлады.



Жәми 600 ге шамалас ата-ана қатнасқан ушырасыўда өз-ара пикир алысыўлар болып, олардың да усыныслары тыңланды. Презентлериниң билим алыўы ушын жаратылған шараятлардан қуўанышлы екенлигин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги