7-май- Өзбекстан Қаҳарманы, халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов туўылған күн
Елсиз жер жетим.
Жерсиз ел жетим.
Мәкансыз инсан жетим!
Шортанбай! Бул дәрьяның аты. Мениң балалық гезлеримде липилдеп толып ағатуғын еди. Балықлардың басқа түрлерине қарағанда шортанға бай болған. Еки бойы гүрең елатларға толы бул дәрьяның суўы тартылып, аңғары шаңғытып қалғанына көп жыллар болды. Сонда да маған Шортанбай бойлары ысық, ҳәтте қуўрап жатырған шөби мениң ушын ушығаның қыйқымы, жыңғылы-лала гүл!
Бала гезлеримде Шортанбай бойларында бизиң аўылдан басқа аўыллар барлығын билсем де, бәри бир, пүткил Қарақалпақстанның киндиги бизиң аўыл, деп, түсинетуғын едим. Себеби, аўылда биреў үлкен той берсе, я биреў қазаланса, адамлар жыйналып ҳәр тәрепке хабаршылар атландыратуғын еди, соннан кейин сол тойға ямаса сол қазаланғанның жыназасына бизлерге бийтаныс, түри бөтен адамлар ағытылып келетуғын еди. Буннан тысқары, әллеқайсы жақлардан я тойға, я намазға айтыўшылар жийи-жийи келип кететуғын еди, усыған қарап та бизиң аўыл пүткил Қарақалпақстанның киндиги, сол ушын да бизиң аўылсыз ҳеш жерде той я садақа өтиўи мүмкин емес деп, ойлайтуғын едим.
Ал бизиң үйде (басқа үйлер де бизиң үйдей шығар деп ойлайман) әллеқандай қуўанышлы ўақыя болып қалса, пүткил Қарақалпақстан хабарланып қуўанып атырғандай қуўанысатуғын едик. Егер, үйде биреў надурыс ис етип алса ямаса атам баласы менен (мениң әкем менен), кемпир апам келини менен (мениң анам менен) өз-ара өкпелессе, қоңсылар еситип қоятуғынынан қорқысып, әстен ғана балтамтап айтысатуғын еди. Атам ҳәр сапары «әстен, қоңсы еситсе, пүткил елге жайылады», дейтуғын еди. Сол ушын да маған қоңсының үйи пүткил Қарақалпақстанның көзи, қулағы болып туйылатуғын еди. Сол ушын да, мен бүгин Қарақалпақстанға баҳа бермекши болсам, өзимиздиң үйди ҳәм қоңсының үйин жақсы билип баҳалаў жеткиликли, ал, пүткил әлемге баҳа бериўим керек болса, Қарақалпақстанды билиўим жеткиликли деп те ойлайтуғын едим. Ҳәзир де сол пикирдемен. Егерде адамзат тарийхының раўажланыў жолына, я бир дәўирге баҳа берилиўи тийис болса, бизиң аўыл өзинше бир телескоп болып хызмет етеди. Бизиң аўылдың тарийхы арқалы пүткил Қарақалпақстанның, оннан соң, әлбетте, пүткил әлем тарийхын көз алдыңа келтириў мүмкин деп ойлайман.
Солай болса да, тарийхшылар өтмиш жөнинде қанша логикалы жуўмақлар, қанша болжаўлар айтса да, кеўлим ҳеш бирине тоқтамайды. Өйткени, ким өтмишти я келешекти баҳаламақшы болса, ең әўеле өзи жасаған дәўирдиң техникалық прогресси ҳәм ой-пикириниң раўажланыўын нәзерде тутып, өз аўылын ҳәм өзин көрип турып баҳа береди.
Егер жай қурыўшының тили менен айтсақ, ҳәр әўлад өзинен бурынғы әўладтың үстине өрилген дийўал болып, келеси әўлад ушын тырнақ болып хызмет етеди.
Сырттан қарасаң, әўладлар бир-бирин тәкирарлап жасап атырғанға мегзейди. Олар қандай ўазыйпаны атқармасын, бәрибир ҳәммени бир нәрсеге бириктиреди-бул жер! Ҳәмме тек аяқ тирейди. Ҳәр әўладтың тазадан ашқан жери болмайды, өз жери бар, оның шегарасы бар. Бизден бурынғы әўладларда бүгин биз жасап атырған жердиң үстинде жасаған.
Әўладларды жер бириктиреди, жер пүткил адамзатты да бириктиреди. Себеби, ҳәммениң мәканы жалғыз жер! Инсанның, оннан соң, әлбетте, пүткил әлем тарийхын көз алдына жерге усап дүньяның барлық жүгин мойны менен көтереди, оның қайғы-ғамын, қуўанышын ишине сыйдыра береди.
Инсанға көп нәрсе анасы арқалы өтеди. Сол ушын да жер анаға теңгерилип, «Ана-жер» делинеди. Ол өмири түўесилген инсанды қушағына алып жасырғаны ушын «Ана жер» атанған емес, инсанға өмир бергени ушын «Ана жер» атанған, оны өлилер емес, тирилер «Ана жер» деп атаған. Жерди жасандырып, оған аналық руўх ҳәм аналық сақыйлық берип қойған да тирилер. Адам баласы «Ана жер» жөнинде қанша-қанша мақтаў айтса да, қанша-қанша өкиниш айтса да, орынлы.
Жер философиялық категория, бизиң ҳәр биримиз сыяқлы жанлы материя.
«Жер-ана!» деўден жалықпайды мениң анам.
«Жер-қудай, ол мәңгиге дөретеди» дейди әпсаналар.
Қашқан да «алла!» дейди, қуўған да «алла!» дейди, деген рәўиятқа тәқәббил: Жер «Маған адам керек» дейди. Адам «Маған жер керек» дейди.
Сондай-ақ, бизге дейин өткен бийиктегилер менен төмендегилердиң өзлерине тән тәғдийрлери, әрманлары жер менен адамның байланысын еске салады. Патшалар менен ханлар «Халық мени қуўатласын!» деп халықтан дәметип жасаса, халық «бизге жәрдем етсин, жол силтесин» деп өз патшасынан, ханынан дәметип жасаған. Жер менен Адамның бир-биринен талабы да сол: Жер «Адам маған хызмет етсин» деп жатады, адам «Жер маған хызмет етсин!» деп күтеди.
«Қарақалпақнама» роман-эссесинен үзинди
Қарақалпақстан хабар агентлиги