Ҳүкимет қарары (183-сан,  03.05.2023-ж.) менен “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларын жәмийетшилик пикири тийкарында басламалы бюджетлестириў процесслери арқалы әмелге асырыў тәртиби ҳаққында реже қабыл етилди.

Режеге бола, жәмийетшилик пикири тийкарында жойбарлар топламы мәҳәллелер (аўыллар) бойынша қәлиплестириледи ҳәм жеңимпаз сыпатында мәҳәллелер (аўыллар) анықланады.

 

Процесслер 3 басқышта әмелге асырылады:

1 — басқышта – порталда жойбарлар топламы қәлиплестириледи;

2 — басқышта – қәлиплестирилген жойбарлар топламы сайлап алынады;

3 — басқышта – таңлаў басқышынан өткен жойбарлар топламларына даўыс бериледи.

Жеңимпаз болған мәҳәллелер (аўыллар) даўыс бериў процеси басланыўдан алдын кең жәмийетшиликке жәрияланған ҳалда төмендеги усыллардан бири арқалы анықланады:

— жойбарлар топламына берилген даўыслар санынан келип шығып;

— халқыныӊ саны аз болған мәҳәллелерге (аўылларға) дүзетиў коеффициентин қолланған ҳалда жойбарлар топламына берилген даўыслар санынан келип шығып.

Даўыс бериў процесиниӊ жуўмағына бола ҳәр бир ўәлаят (қала) ушын фондта қәлиплестирилген қәрежетлер шеңберинде ең жоқары көрсеткишти ийелеген жойбарлар топламы жеңимпаз деп табылады.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги