Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында жер майданларын хатлаў жумыслары ҳәм “Uzkas” мәлимлеме системасына киргизиў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Хатлаў жумысларына Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары, Республика аерогеодезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими сондай-ақ, қала ҳәм районлардағы тараў қәнигелеринен дүзилген жумысшы топарға 400 ден артық хызметкерлер тартылған.
Қарақалпақстан Республикасының жәми жер майданы 16 656 123 гектар болып, бүгинги күнге шекем 241 155 гектар жер майданы хатлаўдан өткерилди. Районларда алып барылып атырған хатлаў жумыслары жумысшы топар тәрепинен үзликсиз қадағаланып, ҳәр күнлик есабатлар алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги