Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде жайласқан 83-референдум участкасында даўыс берди.

Референдум өткериўши референдум участкасында 2 мың 561  пуқара дизимге алынған. Соннан 19 жас биринши мәрте даўыс береди. 10 кексе жастағы ҳәм  11 майыплығы болған пуқараның үйлеринде даўыс бериў имканияты жаратылды. Усы ўақытқа шекемги мағлыўмат бойынша аймақтан 966 пуқара даўыс берди.

-Аймағымыз турғынлары референдумда белсене қатнаспақта,-дейди референдум өткериўши участкалық комиссияның баслығы Парўазхан Орманова. –Өз гезегинде даўыс бериўшилер ушын бул жерде барлық шараят жаратылған.

Референдум участкасында даўыс бериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги