Елимизде шаңарақлық спортты еле де раўажландырыў, мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық спорт илажларының нәтийжелилигин арттырыў, миллий ақыл-ойды раўажландыратуғын спорт түрлерин руўхыйлығымыздың бир бөлеги сыпатында қәдирлеў, шаңарақлар ҳәм өсип киятырған жас әўладтың логикалық пикирлеўин арттырыў, миллий ойынлар түрин еле де кеңнен үгит-нәсиятлаў, шаңарақлардың аўызбиршилигин тәмийинлеў, олардың бос ўақытларын нәтийжели өткериў, шаңарақлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм олар арасында өз-ара мәдений спорт байланысларын жолға қойыў мақсетинде «Саламат бала!» сүрени астында өткерилип атырған «Атам, анам ҳәм мен – спортшы шаңарақпыз» спорт жарысының қалалық ҳәм районлық басқышларында, 30-45 жас аралығындағы ата-аналар, 10 жастан 14 жасқа шекемги ер ҳәм қыз балалардан ибарат командалар қатнасқан еди.
Жарысларға жәми 402 мәкан пуқаралар жыйынларынан 11652 шаңарақ ағзалары қатнасты. Жәми 6370 баланың, соннан кем тәмийинленген шаңарақлардан 823 баланың қатнасы тәмийинленди.
Пайтахтымыздағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде усы жарыстың республикалық басқышы болып өтти.
Онда жарыстың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған 15 команда өз-ара күш сынасты.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, Нөкис қаласы «Туран» МПЖ дан О.Бекниязовтың шаңарағы биринши, Кегейли районы «Абат» МПЖ дан Н.Ережеповтың шаңарағы екинши, Қараөзек районы «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ дан А.Реймовтың шаңарағы үшинши орынды ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Жеңимпазлар жарыстың Ташкент қаласында болып өтетуғын республикалық басқышына жоллама алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.